Билимлендириў ҳәм әмелият интеграциясы үйренилди
Алдын хабар бергенимиздей, комитет баслығының биринши орынбасары Шуҳрат Жабборов Қарақалпақстан республикасында шарўашылық ҳәм оның тармақларында әмелге асырылып атырған жойбарлардың орынланыўын мониторинг етиў менен бирге Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис филиалындағы билимлендириў процесслери ҳәм шөлкемлестириў мәселелерин көзден өткермекте.

Атап айтқанда, филиалда әмелге асырылып атырған илим ҳәм әмелият интеграциясы, талаплардың оқыў ҳәм жасаў шараятлары үйренилди. Жаңадан қурылып атырған төрт жүз орынға мөлшерленген студентлер жатақханасының қурылыс-монтажлаў жумыслары мониторинг етилди.


Сондай-ақ, оқыў лабораториясы ханалары, виварий ҳәм регистратор офисиниң жумысы үйренилди.