Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

22
January

qrvetgov.uz| 559

Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде ҳайўанларды “Тейлериоз”, “Қутырыў”, “Аусыл”, “Отжара”, “Нодулярный дерматит” кеселликлерине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң 2025-жыл 17-январьдағы 19-санлы буйрығына муўапық, “ Қарақалпақстан Республикасында эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў ҳәм өткизилип атырған профилактик ис-иләжлардың сапасын асырыў мақсетинде Ис-иләжлар бағдарламасы”на тийкар “ Әҳмийетли 90 күнлик ” жәрияланып  илаж даўамында  эпизотияға қарсы кең кѳлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Беруний, Еллиққала, Қанлыкөл, Қараөзек, Кегейли, Төрткүл, Шымбай, Шоманай ҳәм Мойнақ районларында  ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары  тастыйқланған календарь график тийкарында жуқпалы “Тейлериоз”, “Отжара”, “Аусыл”, “Нодулярный дерматит”  кеселликлерине, үй ҳайўанлары “қутырыў” кеселлигине қарсы  шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.

Сондай-ақ,  қәнигелер тәрепинен пуқараларға  жуқпалы  кеселликлер ҳаққында  мағлыўматлар берилип,  түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  мәлимлеме хызмети.

 

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content