Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

26
February

qrvetgov.uz| 483

Азық-аўқат өнимлериниң сапасы қатаң қадағалаўда

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети қәнигелери тәрепинен халықты  сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде дийқан базарларында қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Беруний районы ВСЭЛ хызметкерлери тәрепинен дийқан базарға сатыў ушын алып келтирилген 1894 кг ири шақлы мал гѳши, 705 кг қус гѳши, 126 кг балық, 28642 кг ѳсимлик ѳнимлери, 368 кг тузламалар, 9553 мәйек, 9263 дән ѳнимлери, 174 кг сүт ҳәм сүт ѳнимлери ветеринариялық санитария экспертизасынан өткерилип сатыўға руҳсат берилди.

Соның менен бирге, тексериўлер даўамында 1 жағдайда 74 кг ѳсимлик ѳнимлери тутыныўға жарамсыз деп тапылып, белгиленген тәртипте зыянсызлантырылды.

Сондай-ақ, азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша саўда ислеўши пуқаралар арасында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.

Комитет тәрепинен алып барылып атырған бундай жумыслар, елимизде азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен  әҳмийетли.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  Мәлимлеме хызмети.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content