Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

14
February

qrvetgov.uz| 509

“Топырақты қорғаў ҳәм оның өнимдарлығын асырыў ҳаққында”ғы Нызамға (ӨРҚ-903-сан, 02. 02. 2024-ж.) Президент тәрепинен қол қойылды.

“Топырақты қорғаў ҳәм оның өнимдарлығын асырыў ҳаққында”ғы Нызамға (ӨРҚ-903-сан, 02. 02. 2024-ж.) Президент тәрепинен қол қойылды.
Жаңа жай қурыўда топырақтың ҳасылдар өнимли қатламы алыныўы керек
Нызам менен топырақты қорғаў және оның өнимдарлығын асырыў саласындағы тийкарғы принциплери, тараўды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў, топырақ өнимлилигин асырыў тийкарлары ҳәм тәртиби белгиленди.
Аўыл хожалығы министрлиги топырақты қорғаў және оның өнимлилигин асырыў саласындағы бирден-бир мәмлекет сиясатын әмелге асырады.
Жер ийелери Топырақ изертлеў илими ҳәм агрокимёвий изертлеўлер институтынан өзине тийисли жер участкасындағыи топырақтың сапасын баҳалаў туўрысында информация алыў ҳуқықына ийе.
Жер ийелери, қала салыўшы искерлигин, геологик қыдырыўды ҳәм пайдалы қазылмаларды қазып алыўы, соның менен бирге аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа искерликти әмелге асырыўда топырақтың әмелдеги өнимли қатламын алып ҳәм сақлаўы шәрт.
Алынған топырақтың ҳасылдар өнимли қатламын, қурылыс шөлкемлери ҳәкимликлер тәрепинен белгиленген жайларға сақлаў ушын алып шығады.
Топырақтың ҳасылдар өнимли қатламы алынбағанлығы ҳәм сақланбағанлығы факти анықланғанда, жеткизилген зыян жергиликли бюджетке өткериледи. Усы пул қаржылары аўыл хожалығында пайдаланбай атырған суўғарылатуғын жерлерди пайдаланыўды әмелга асырыў ҳәм жерлердиң мелиоратив жағдайын жақсылаў ушын пайдаланылады.
Топырақты үйрениў Аўыл хожалығы, Суў хожалығы, Экология, әтирап-орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрликлериниң кепилликли шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылады.
Бул Нызам рәсмий дағаза етилген күнден баслап үш ай өткеннен күшке киреди, яғный усы жылдың 3-май күни.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content