Қарақалпақстанда ҳайўанларды жуқпалы кеселликлерге қарсы емлеў илажлары даўам етпекте
Районларда ветеринария хызмети тәрепинен аймақларда ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерине қарсы профилактикалық емлеў иләжлары даўам етпекте.
Атап айтқанда, Шымбай, Тахтакѳпир ҳәм Қанлыкѳл районларында районлық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери пуқаралар тәрепинен сақланып атырған үй ҳайўанларын жуқпалы “қутырыў” кеселликлерине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.


Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен пуқараларға жуқпалы кеселликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария хәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.