Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде жаңа жыл кейпияти
2023-жыл жуўмақланып 2024-жыл есик қағып киятырғаны ҳәмде бәршемиз ушын сағынып күтетиң жаңа жыл қарсаңында бәрше комитет хызметкерлерине байрам сауғалары тапсырылды.
Байрам илажында комитет баслығы М.Кайпанов жыл даўамында исленген жумысларға, ерисилген нәтийжелерге тоқталып. Кәнигелердиң
профессионаллығы, жуўапкершилиги ҳәм өз жумысына белсендилиги ушын миннетдаршылық билдирип, байрам саӯғаларын тапсырды.

М.Кайпанов ѳтип баратырған жыл комитет ушын әўметли ҳәм берекетли жыл болғанын атап өтип, бәршени жақынласып қиятырған жаңа жыл байрамы менен қутлықлап жаңа жыл халқымызға абаданшылық, тынышлық алып келиўине тилеклеслик билдирди.



Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.