Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

3
August

qrvetgov.uz| 442

Шымбай районында арнаўлы-тактик оқыў шынығыўы өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы – Пуқаралық қорғанаў баслығының тийисли буйрығы менен, усы жылдың 2-август күни Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районында “Отжара кеселлигиниң тәбийий ошақлардан тарқалыўының алдын алыў ҳәм кеселлик анықланған жағдайда, зәрүр эпидемияға қарсы илажларды шөлкемлестириў бойынша басқарыў уйымларының күш ҳәм қуралларының өз-ара биргеликте ислесиўи” темасында арнаўлы тактик оқыў-шынығыўы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен “Отжара” кеселлигиниң келип шығыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.
Оқыў шынығыўда, Шымбай районы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими, Айрықша жағдайлар бөлими, Медицина бирлеспеси, Санитария эпидемиология тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимлери тәрепинен кеселлик анықланған жағдайда, зәрүр эпидемияға қарсы иләжларды шөлкемлестириў бойынша басқарыў уйымларының күш ҳәм қуралларының өз-ара биргеликте ислесиўин ҳәмде кеселликтиң алдын алыў иләжлары әмелде көрсетип берилди.
Арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўды өткериўден мақсет, елимизде эпидемик ҳәм эпизоотик жағдайлардыӊ турақлылығын тәмийинлеў, Отжара кеселлиги менен байланыслы жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content