Ҳайўанларға қарата жаўыз мүнәсибетте болыў жынайый жуўапкершиликке себеп болады
Өзбекстан Республикасы Министрлер Kабинетиниң 2011-жыл 8-июльдағы 202-санлы қарары менен ийт ҳәм пышыкларды сақлаў қағыйдалары тастыйықланған.
Қарарға тийкар:
– Көп қабатлы үйлерде жасаўшы пуқаралар квартирасында қонсыларының ҳәмде жеке үй-жай ийелери ширкетиниң разылығы менен биреўден артық болмаған ийт ҳәм бир дана пышық сақлаўға рухсат етилген.
-Пуқаралар хожалықларында ийтлер текғана байланған ҳалда, бос жиберилип бағылғанда әтирапы оралған орынларда, бөлекленген ҳалда сақланыўы мүмкин.
-Нәслине қарамастан ийтлерде
3 айлықтан баслап қутырыў кеселлигине қарсы алдын ала емлеў (вакцинация) жумыслары алып барылыўы ҳәмде районлық (қалалық) ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлери тәрепинен паспорт берилиўи ҳәм дизимге алыныўы шәрт.
-Алдын алыў мүмкин болған жағдайларда яғный, ийтлер ҳәм пышықлардың өлими ҳәмде жарақатланыўының алдын алмаў, ийтлер ҳәм пышықларды таслап кетиў, оларға жарақат жеткериў, қараўсыз қалдырыў, азаплаў яки физикалық ҳәм руўхый азап бериў, оларға басқада жол қойып болмайтуғын ҳәрекетлерди әмелге асырыў.
Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 111-статьясына тийкар ҳайўанларға қарата жаўыз мүнәсибетте болыў, яғный оларды ғәрезли яки пәс нийетлерде қыйнаў яки оларға азап бериў;
-базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады.
Усы ҳуқукбузарлык, ҳәкимшилик жуўапкершилик жаза шарасы қолланылғаннан соң бир жыл даўамында тәкирарланса, жас өспиримлер тәрепинен әмелге асырылса яки ҳайўан өлимине алып келсе;
-базалық есаплаў муғдарының бес есесинен он бес есесине шекем жәрийма салыўға яки он бес суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ шараларын көриўге себеп болады.
Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 2021-статясына тийкар ҳайўанларға қарата жаўыз мүнасибетте болыў ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан сон қайта тәкирарланса;
-базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем жәрийма салыўға яки еки жүз кырық саатқа шекем мәжбурий жәмийет жумыслары, алты айға шекем еркинен шеклеў яки алты айға шекем еркинен айырыў шаралары көриледи.
Жоқарыдағыларды есапқа алып, жас әўладты ҳайўанларға сүйиспеншилик руўхында тәрбиялаў, ҳайўанларға жаўыз мүнәcибетте болыўының алдын алыў, адамзаттың дослары болған ҳайўанларды бағыўда белгиленген талапларға әмел етиў кереклигин яддан шығармаўымыз керек.


Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.