Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде ҳайўанларды «қутырыў» ҳәм «Қырым-Конго геморрагик ысытпа» кеселликлерине қарсы профилактик жумыслар жедел алып барылмақта.
Атап айтқанда, Мойнақ, Қанлыкөл, Шымбай,Тахтакөпир, Төрткүл, Елликқала районларында ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен ҚКГИ кеселлигиниң алдын алыу мақсетинде шарўа маллары эктопаразитлерге қарсы дезинсекция жумыслары шөлкемлестирилип, үй ҳайўанларын «Қутырыў» кеселлигине қарсы алдын-ала шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.
Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен пуқараларға жуқпалы кеселликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.



Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.