Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде ҳайўанларды «қутырыў» ҳәм «Қырым-Конго» кеселликлерине қарсы профилактик жумыслар жедел алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң 2023-жыл 18-январьдағы 10-санлы буйрығына муўапық, “ Қарақалпақстан Республикасында эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў ҳәм өткизилип атырған профилактик ис-иләжлардың сапасын асырыўға қаратылған Ис-иләжлар бағдарламасы”на тийкар “ Әҳмийетли 90 күнлик ” жәрияланып иләж даўамында қызғын жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда, Мойнақ, Қанлыкөл, Шымбай, Тахтакөпир,Төрткүл, Елликқала ҳәм Нөкис районларында ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары “Қырым-Конго” кеселлигиниң алдын алыў мақсетинде дезинсекция жумыслары шөлкемлестирилип, үй ҳайўанларын “қутырыў” кеселлигине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.
Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен пуқараларға жуқпалы кеселликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.



Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.