Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

17
April

qrvetgov.uz| 527

(Русский) Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде ҳайўанларды «қутырыў» ҳәм «Қырым-Конго» кеселликлерине қарсы профилактик жумыслар жедел алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң 2023-жыл 18-январьдағы 10-санлы буйрығына муўапық, “ Қарақалпақстан Республикасында эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў ҳәм өткизилип атырған профилактик ис-иләжлардың сапасын асырыўға қаратылған Ис-иләжлар бағдарламасы”на тийкар “ Әҳмийетли 90 күнлик ” жәрияланып иләж даўамында қызғын жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Мойнақ, Шымбай, Тахтакөпир,Төрткүл, Беруний ҳәм Нөкис районларында  ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары “Қырым-Конго”  кеселлигиниң алдын алыў мақсетинде дезинсекция жумыслары шөлкемлестирилип, үй ҳайўанларын “қутырыў” кеселлигине қарсы  шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.

Сондай-ақ,  қәнигелер тәрепинен пуқараларға  жуқпалы  кеселликлер ҳаққында  мағлыўматлар берилип,  түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  мәлимлеме хызмети.

 

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content