Қутырыў кеселлигиниң келип шығыўы ҳәм оның алдын алыў иләжлары бойынша үгит нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң 2023-жыл 18-январьдағы 10-санлы буйрығына муўапық, “ Қарақалпақстан Республикасында эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў ҳәм өткизилип атырған профилактик ис-иләжлардың сапасын асырыўға қаратылған Ис-иләжлар бағдарламасы”на тийкар “ Әҳмийетли 90 күнлик ” жәрияланып иләж даўамында қызғын жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда, Нөкис қаласы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими тәрепинен “Жийдели байсын” МПЖ аймағында жайласқан 24-санлы улыўма билим бериў мектебинде ҳәм 39-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде қутырыў кеселлигиниң келип шығыўы, оның алдын алыў иләжлары бойынша үгит нәсиятлаў жумыслары алып барылды.



Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.