Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

7
February

qrvetgov.uz| 494

Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў бойынша ис-иләжлар даўам етпекте.

Районларда ветеринария хызмети  тәрепинен аймақларда ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерине қарсы профилактикалық емлеў иләжлары даўам етпекте.

Атап айтқанда,  Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл, Тахтакөпир, Беруний, Төрткүл, Елликқала ҳәм Нөкис районларында районлық  ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары жуқпалы “қарасан”,  “отжара”, “аусыл”  кеселликлерине, майда шақлы маллар “шешек” кеселлигине қарсы, үй ҳайўанлары “қутырыў” кеселлигине қарсы  шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.

Сондай-ақ,  қәнигелер тәрепинен пуқараларға  жуқпалы  кеселликлер ҳаққында  мағлыўматлар берилип,  түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  мәлимлеме хызмети.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content