Ешек гөшин сатпақшы болған пуқара колға алынды.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚ Карантин илажларын тәмийинлеў бөлими хызметкерлери ҳәм де Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети қәнигелери менен бирге халық арасында санитария эпидемиологиялық, жуқпалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыў ҳәм халыққа сапалы азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў мақсетинде рейд илажлары өткерилип атыр. Алып барылған илажлар даўамында Елликқала районы “Гүлдирсин” МПЖда жасаўшы пуқара М.А үйинде жәми 372 кг аўырлықтағы ешек гѳшин сатыў мақсетинде сақлап атырғаны анықланды. Пуқара М.А ға тийсли тәртипте жынаят иси ашылып, гѳш ѳнимлери ѳртеп жиберилди.
Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.