Хожели районында шарӯашылық тараӯын және де раӯажландырыӯға арнап мәжилис өткерди

2022-жыл 2-июнь күни Хожели районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжлислер залында Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаев, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы М.Қайпанов ҳәм Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашевлар басшылығында шарўашылық пенен шуғылланыўшы фермерлер менен исши топар тексериў жуўмағы кең түрде додаланды.

Онда, шарўашылық, балықшылық ҳәм кусшылықты раўажландырыў бойынша фермерлердиң алып барылып атырған жумыслары сын көз қарастан көрип шығылды ҳәм тийисли көрсетпелер берилди. Сондай-ақ, мәжлис қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.