Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.

  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

27
January

qrvetgov.uz| 490

«Үй ҳайўанларын емлеў — олардың саламатлығы ҳәм қәўипсизлигиниң гиреўи» атамасында баспасөз конференциясы болып өтти.

Усы жылдың 24-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде үй ҳайўанларын кең тарқалган ҳәм қәўипли кеселликлерге қарсы шаншыў мәселелерине бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажда, Комитет баслығының орынбасары Б.Курбаниязов, тараў қәнигелери, ветеринария шыпакерлери әмелге асырылып атырған профильактикалық илажлардың орынланыўы бойынша мәлимлеме берип, қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Үй ҳайўанларының ийелери ҳайўанларының саламатлығы ҳәм қәўипсизлиги ушын жуўапкер екенлиги, сондай-ақ, ветеринариялық шыпакер тәрепинен усынылған шаншыў кестесине әмел етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Вакцинациялаў — бул тек ғана үй ҳайўанларының саламатлығы ушын ғамхорлық емес, ал жәмийетлик қәўипсизликке үлес қосыў болып есапланады. Барлық үй ҳайўанлары ийелерин бул мәселеге жуўапкершилик пенен қараўға ҳәм зәрүр шаншыўларды өз ўақтында әмелге асырыўға шақырамыз. Бул қәўипли кеселликлер тарқалыўының алдын алыў ҳәм эпизоотик түрақлылықты тәмийинлеў имканиятын береди.

Search

Официальный сайт Президента Республики Узбекистан

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Перейти к содержимому