Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.

  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

24
April

qrvetgov.uz| 494

Азық-аўқат ѳнимлериниң сапасы қатан қадағалаўда

🔰Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети қәнигелери тәрепинен халықты  сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде дийқан базарларында қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

📌 Атап айтқанда, Қанлыкѳл районы ВСЭЛ хызметкерлери тәрепинен дийқан базарға сатыў ушын алып келтирилген 241 кг ири шақлы мал гѳши, 66 кг балық,  6299 кг ѳсимлик ѳнимлери, 300 кг тузламалар, 6100 мәйек, 1630 кг дән ѳнимлери 36 кг сүт ҳәм сүт ѳнимлери ветеринариялық санитария экспертизасынан өткерилип сатыўға руҳсат берилди.

✅ Сондай-ақ, азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша саўда ислеўши пуқаралар арасында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.

🧑🏻‍🔬 Қәнигелер тәрепинен алып барылып атырған бундай жумыслар, елимизде азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен  әҳмийетли.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  Мәлимлеме хызмети.

Search

Официальный сайт Президента Республики Узбекистан

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Перейти к содержимому