Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.

  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

3
October

qrvetgov.uz| 433

«Азық-аўқат қаўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм халыққа жоқары сапалы гөш ҳәм сүт өнимлерин жеткерип бериў» атамасында баспасөз конференциясы болып өтти

Бүгинги күни халқымызды сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ең әҳмийетли мәселелердиң бири болып табылады.

Усы жылдың 28-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде «Азық-аўқат қаўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм халыққа жоқары сапалы гөш ҳәм сүт өнимлерин жеткерип бериў» атамасында баспасөз конференциясы болып өтти.

Баспасөз конференциясына Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығының биринши орынбасары Қ.Пирназаров, Диагностика ислерин шолкемлестириў хам мониторинг сектори қәнигеси Р.Убайдуллаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық-аўқат ѳнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайы Ветеринария-санитария экспертиза лабораториясы ветеринария шыпакери Айдарова Алмагул қатнасты.

Атап өтилгениндей, дийқан базарлары халықты күнделикли азык-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўши тийкарғы тараўлардың бири болып есапланады. Сонлықтанда пуқараларды азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў, Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Баспасөз конференциясында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тема дөгерегиндеги сораўларына жуўаплар алды.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.

Search

Официальный сайт Президента Республики Узбекистан

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Перейти к содержимому