Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде ҳайўанларды «қутырыў», «аусыл», «отжара», «бруцеллёз» кеселликлерине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта
Атап айтқанда, Кегейли, Тақыятас, Шымбай, Шоманай, Тахтакөпир,Төрткүл ҳәм Нөкис районларында ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары жуқпалы “отжара”, “аусыл”, “бруцеллёз”кеселликлерине, үй ҳайўанлары “қутырыў” кеселлигине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.
Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен пуқараларға жуқпалы кеселликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.