Бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелери ҳаққында мағлыўмат бериўши «Сиясий-ағартыўшылық сааты» болып өтти
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети хызметкерлери ушын нәўбеттеги «Сиясий-ағартыўшылық сааты» шөлкемлестирилди. Бунда тийкарынан оқыў сааты даўамында Жаңаланып атырған Конституцияда мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў системасына байланыслы ең әҳмийетли мәселелер, жаслар сиясаты тараўындағы жумыслар нәтийжелигин асырыў илажлары, ҳәм “ Бир чимдим маънавият ” рубрикасы сыяқлы мәселелерге тоқтап өтилди. Соның менен бир қатарда, ҳәпте даўамындағы елимизде ҳәм сырт еллерде жүз берип атырған әҳмийетли ўақыялар ҳаққында мағлыўмат берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.