Ҳайўанларға қарата аяўсыз қатнаста болыў жынайый жуўапкершиликке тартылады
Ҳайўанларға қарата аяўсыз мүнәсибетте болыў, яғный оларды жаман ямаса басқа да жаўызлық нийетте қыйнап-азап бериў, БЕМ ның 3 есесинен 5 есесине шекем муғдарда жәриймаға тартыўға себеп болады.
Егер бул жағдай ҳайўанлардың өлимине ямаса майып болыўына алып келсе, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин әмелге асырылған болса, БЕМ ның 50 есесине шекем муғдарда жәриймадан 6 айға еркинен айырыў жазасы шарасы қолланылыўына себеп болыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети