Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.

  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

14
April

qrvetgov.uz| 520

Мийнет ярмаркасы өткерилди

Бүгин Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинаси, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нукус филиалында питкериўши студентлердиң бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жумыс бериўшилер менен мийнет шәртнамасын дүзиў  мақсетинде бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы болып ѳтти.

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда “Чорванасл” орайы, “Қаракөл” бирлеспесиниӊ басшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ярмаркада Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы орынбасары Б.Курбаниязов ҳәм филиал директори Әдилбай Есимбетовлар шығып сөйлеп, бүгинги күни мәмлекетимиздеги жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниӊ  бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, Президентимиз тәрепинен бул бағдарда белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған кеӊ көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Илаж даўамында питкериўши курслардыӊ студентлери менен жумыс бериўшилер арасында сөйлесиўлер болды. Усы жердиӊ өзинде 23 питкериўши менен мийнет шәртнамасы дүзилип, бәнтлиги тәмийинленди.

Илаж даўамында жаслар өзлерине жаратылған имканиятларды тереӊ сезинген ҳалда, келешекте тараўдыӊ раўажланыўына өз үлеслерин қосатуғынына үлкен исеним билдирилди. Питкериўшилер бос жумыс орынлары менен жақыннан танысты. Питкериўши курслардыӊ студентлери менен жумыс бериўшилер арасында дүзилген мийнет шәртнамалары келешекте өзиниӊ унамлы нәтийжесин беретуғынына исенемиз.


 

 

Search

Официальный сайт Президента Республики Узбекистан

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Перейти к содержимому