Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

28
May

qrvetgov.uz| 530

Шымбайлы Баҳадыр Айтенов ѳзиниң үй алды қыйтақ жеринде биогумус жетистирип қосымша дәрамат алмақта.

Алыс аймақлардағы хожалықлардың жеке исбилерменлигин жолға қойыў ҳәм олардың дәраматын арттырыў арқалы халықтың турмыс шараятын жақсылаў бүгинги күнниң тийкарғы мақсети.

Президентимиз “Халық бай болса, мәмлекет бай болады” дегениндей халқымыздың турмыс шараятын жақсылаў арқалы мәмлекетимизде жумыссызлық ҳәм кем тәмийинленгенлердиң санын азайтыў мүмкин. Усы мақсетте елимизде шаңарақлардың исбилерменлик пенен шуғылланыў, үй алды  қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланыў, ыссыхананы жолға қойып жетистирген өнимлерин жергиликли базарларға шығарыў арқалы дәрамат табыўы ушын көплеген имканиятлар жаратылған. Әне, усындай шаңарағының дәраматын арттырып, имканиятлардан үнемли пайдаланып атырған шаңарақлардан бири Шымбай районы Пашенттаў АПЖ да жасаўшы Баҳадыр Айтенов ҳәм оның өмирлик  жолдасы Гүлайым Қосбергеновалардың шаңарағы болып есапланады.

Шаңарақ басшысы өзиниң үй алды қыйтақ жеринде биогумус таярлаў арқалы егинлер ушын минералға бай топырақ ислеп, оны сатыўға шығармақта.

-Үйимиз алдында 6 сотих жеримиз бар. Жылда усы жерди тәрбиялап палыз өнимлери ҳәм мийўе нәллеринен мол зүрәәт аламыз. Атызымыздағы ерик, қәрели, алмалар пискен ўақтында гейде оларды сатып ақша тапсақ, көбинесе туўған-туўысқан, қоңсы-қобаға шелеклеп тарқатамыз. Ал, жыл сайын атызымызға еккен помидор, баклажан, қыярдан өним топлап мол, аўыл-аймаққа сатамыз. Быйыл аўылымызда хожалықлардың дәраматын арттырыў ушын көплеген имканиятлар жаратылды. Биз де бул имканиятлардан пайдаланып, үй алдында биогумус ушын орын таярладық. Оны бағыў, күтимин бериў, жетилистириў бойынша жол-жобаны районымыздағы ҳәм Нөкис қаласындағы бир қанша тәжирийбели иинсанлардан үйрендик. Ҳәзир топырағымыз жетилисип, қуртлар раўажланып атыр. Ҳәттеки, мийўелер, гүллер ушын топырақ бағыўға  қуртларын сатып алып атырғанлар да бар –дейди БаҳадырАйтенов.

 

Усы жылдың март айында шаңарақ өз бизнесин жолға қойыў ушын жеңиллетилген кредит алып, биогумус пенен бирге таўық бағып, үй алдына түрли палыз өнимлерин егип, шаңарақлық исбилерменлигин баслаған. Нәтийжелер көзди қуўандырарлықтай.

Аўылымызда өз исбилерменлигин жолға қойып атырған шаңарақлар жүдә көп. Бул шаңарақ жеңиллетилген кредит алып, өз-өзин бәнтлеў арқалы дәрамат таўып басқа хожалықларға үлги болмақта. Кредит қәрежетлерин мақсетли ислетип, биогумус ҳәм таўық бағып өз исбилерменлигин раўажландырмақта. Ҳәзирги ўақытта кредитке алған таўықлар көбейип, биогумус ушын қарыйдарлар саны артпақта. Усы күнге шекем үй бийкеси болып, жумыссызлықтан қыйналған шаңарақ бийкеси Гүлайым Қосбергенова ҳәзирги күнде наўқан қурт бағып, өз таўықларына қарап, қосымша үй алдындағы қыйтақ жерин үнемли пайдаланып палыз егинлери ҳәм мийўе тереклерин егип қойған. Пашенттаў АПЖ да исбилерменликти раўажландырыў ушын усы шаңарақтың тәжирийбесин қолланыўды мақсет еткенбиз –дейди аўыл ақсақалы А.Айтымбетов.

Ата-бабаларымыз “Мийнет түби рәҳәт” деп бийкарға айтпаған. Бүгин өз исбилерменлигин баслап, аянбай мийнет еткен шаңарақлар өз уясының тоқшылығын тәмийинлеп, жас шаңарақларға үлги болмақта. Мәмлекетимиздеги исбилерменлер ушын берилип атырған бундай имканиятлар ҳәм қоллап-қуўатлаўлар ҳәр бир шаңарақтың дастурханы толы болыўына хызмет етпекте.

Гулчеҳра Айтмуратова,

Бердақ атындағы ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.

 

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content